Хорезм, Сурхандәрья ҳәм Қарақалпақстанда психотроп дәрилер саўдасының алды алынды

Хорезм ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында инсан санасына күшли тәсир ететуғын дәри-дәрмақлар саўдасының алды алынды. Бул ҳаққында Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хабар берди.
Департаменттиң Янгиариқ районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда “Б.-Пҳ. ЖШЖ сатыўшысы М.О. пуқара Р.М.ға күшли тәсир ететуғын дәри қуралын шыпакер рецептисиз сатқан ўақтында усланып, оннан 13 түрдеги дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар айғақлы дәлил сыпатында алынған.
Усы сыяқлы, Департаменттиң Сариосиё районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда пуқара М.Х. пуқара Х.Қ.ға 250 дана күшли тәсир ететуғын дәри-дәрманды 1 млн сумға сатқан ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.
Департаменттиң Қизириқ районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда пуқара С.Ш. пуқара М.Х.ға шыпакер рецептисиз күшли тәсир ететуғын дәри қуралын 1,2 млн сумға сатқан ўақтында айғақлы дәлиллер менен усланған.
Департаменттиң Қанлыкөл районы бөлими ҳәм ИИБ хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда “Қ.Д.” ЖШЖ дәриханасы фармацевти Ш.А.ның үйи көзден өткерилгенде 20 капсула ҳәм 7 ампулада психотроп дәрилер сақлап киятырғанлығы анықланып, бул дәрилер айғақлы дәлил сыпатында алынған.
Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят ислери қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта,- дем мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги