Атап айтқанда, саат 23.00 ден 06.00 ге шекем жөнелисли транспорт қураллары ушын айрықша ажыратылған тасмаларда басқа транспорт қуралларының ҳәрекетлениўине рухсат берилди.
Автобуслар ҳәрекети ушын ажыратылған, яғный “А” ҳәрипли ленталарда басқа транспорт қуралларының ҳәрекети ҳәзирги ўақытта қадаған етилген. Саат 23:00 ден баслап дерлик барлық автобус жөнелислери өз жумысын жуўмақлайтуғынын есапқа алып ҳәм қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде басқа транспорт қуралларының түнги ўақытта, саат 6:00 ге шекем усы жолларда ҳәрекетлениўи мүмкин болады ҳәм бул қағыйдабузарлық есапланбайды.