Кемелер «капитаны»

439

-Жумыссызлық сылтаў емес,  егер қолыңда өнериң болса,-дейди биз бенен сәўбетлес болған хожелиши өнермент Әрман Шержанов. «Бийкаршыдан Қудай да бийзар», дегениндей ол штатлы жумысым жоқ деген сылтаў менен бийкар жатыўды өзине еп көрмей, өнерментшилик уқыбы менен шаңарағын тербетип, буйыртпашылардың да алғысын алып келмекте.

Оның қол өнерментшилигине деген қызығыўшылығы өзи туўылып өскен Кегейли елатындағы мектепте өткен оқыўшылық дәўиринен басланған. Мийнет сабағында ағаштан ҳәр түрли буйымларды ислеп үйреткен устазының ҳәр бир сөзи оған қызығыўшылық бағышлайтуғын еди. Қуслардың уясын  ағаштан соғып келгенинде ол муғаллиминен көп мақтаў сөзлер еситкен. Мине енди, бул өнер оған өмир азығы болып хызмет етпекте.

-Буйыртпашылардың усынысына қарай үй руўзыгершилик буйымларын ислеп берип жүрдим. Бирақ өзимниң қызығыўшылығым сувенир кеме соғыў болғанлықтан, бар интам менен сувенирлерди соғып, қарыйдарларға сатып киятырман. Тийкарынан буйыртпа бойынша ислеймен. Бес жүз мыңнан басланып, бир, бир ярым миллионға шекемги көлемдеги сувенир кемелерди соғып, өз ийелерине тапсыраман,-дейди Әрман.

Ҳәзирги күнде сувенир кеме  соқтыратуғын  буйыртпашылардың саны артқан. Ҳәр қыйлы байрамларға, туўылған күнлерге саўға сыпатында тапсырыў ушын қарыйдарлар бәрқулла ол ислеген кемелерге қызығыўшылығы жоқары. Сондай-ақ, оның бул өнерине қызығыўшылық билдирген қоңсы Қазақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан да буйыртпалар келип түспекте. Хорезм ўәлаятына да барып төрт ай даўамында шәртнама тийкарында өнерментшилик жумысын даўам еттирип, көплеген буйыртпашылардың талабына бола сувенир  кемелерди ислеп берип қайтты.  Сондай-ақ, ол өнерментлердиң көргизбелерине өз өнерментшилик буйымлары менен қатнасып келмекте. Жақында Мойнақ районында болып өткен байрам көргизбесинде оның соққан сувенир кемелерине туристлердиң де қызығыўшылығы артқан.

Районда ҳәр жерде арендаға орын алып жумыс ислеп  жүрген өнермент Ә.Шержановқа район басшылары тәрепинен жәрдем берилип, жақында райондағы 19-санлы мектептен хана ажыратылды. Уста өнермент ол жерде өзиниң станокларын қурып, мектеп оқыўшыларын қол өнерментшилик өнерине таярлап үйретпекте.



-Сабақтан бос ўақытлары усы жерге келип устазым Әрман ағадан ағаштан буйым соғыў сырларын үйренип атырман. Оның соққан кемелери маған жүдә унайды. Жақында менде өз кемемди соғыўды режелестирип атырман,-дейди 19-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Бегис Муратбаев.

Әрман сондай-ақ спорттың миллий гүрес түри менен балалығынан шуғылланып келген. Ол мектепте оқып жүрген гезлеринде миллий гүрес ҳәм дзю спорт түри бойынша өткерилген республикалық чемпионатларда алдынғы орынларды ийелеген. Ҳәзирги ўақытта спорт тараўы бойынша да шәкиртлер таярламақта. Баласы да гүрес спорт түри бойынша ҳәзирги ўақытта жарысларға қатнасып,  жақсы табысларға ериспекте.  Ол өзи соққан сувенир  кемелерин жарысларда чемпионларға саўға сыпатында тапсырып келмекте.

Алдағы ўақытларда жумыс көлемин кеңейтип, көплеген шәкиртлер таярлаўды мақсет еткен оның  ҳәр күни буйыртпашылардың кеўлиндегидей етип сувенир кемелер соғыў менен бәнт болмақта. Ҳәр бир кемени ислеў ушын он, он бес күн ўақыт кетеди. Уйқысыз түнлер өтеди. Лекин ол өкинбейди. Себеби, оның балалықтағы әрманлары иске асып, қарыйдарлардың  дийдинен шығып, қолына болса мийнетине жараса дәрамат түспекте.  Тийкарғысы, ол бүгин өзи ислеген қаншадан-қанша кемелердиң  «капитаны» на айланған қолы гүл өнермент.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги