Кинологлар халыққа төлемли хызмет көрсетпекте

Кейинги жылларда ишки ислер уйымлары кинология бөлимшелериниң жумысын жетилистириў, тараўда хызмет ийтлериниң нәсилшилиги жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Министрлер Кабинетиниң «Ишки ислер уйымларының кинология хызметлери жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2019-жыл 9-сентябрьдеги 750-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарары Ишки ислер уйымлары кинология бөлимшелериниң техникалық базасын беккемлеў ҳәм хызметкерлерди материаллық жақтан хошаметлеў, сондай-ақ, халыққа төлемли хызметлер көрсетиўди ҳуқықый тәртипке салыў ҳәм тараўға байланыслы нызамшылық ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыўға хызмет етпекте.


-Бул қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик хызметиниң жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы Кинология бөлиминиң баслығы, подполковник Руслан Утеулиев. – Соның ишинде, кинология бөлимлеринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тийисли ийтлерди улыўма бағыныўшылық ҳәм қорғаў-қараўыл көнликпелерине таярлаў, нәсилшилик питомнигинде тәрбияланған ҳәм ишки ислер уйымларының зәрүрлигинен артық болған және хызметке жарамсыз деп табылған ийтлерди сатыў бойынша халыққа төлемли хызметлер көрсетилмекте. Өткен жылы 8, быйылғы жылы 5 физикалық ҳәм юридикалық тәрепке тийисли ийтлерди улыўма бағыныўшылық ҳәм қорғаў-қараўыл көнликпелерине таярлаў бойынша төлемли хызмет көрсетилген болса, өткен жылы зәрүрликтен артық ҳәм хызметке жарамсыз деп табылған 14, быйылғы жылы 4 хызмет ийти халыққа сатылды.


Мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек, 2024-жыл даўамында Жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасы кинология бөлимшеси ҳәм биринши, екинши ҳәм үшинши зонал аймақлар, зонал муўапықластырыў орайы кинология топарлары хызметкерлери тәрепинен хызмет ийтлериниң қатнасында 428 жынаят исине қарсы гүресилген, усы жылдың өткен айлары даўамында болса хызмет ийтлериниң қатнасында 308 жынаяттың ашылыўына ерисилди. Олардың 92 си нәшебентлик затлар менен байланыслы, 207 си урлық ислеў , 1 и адам өлтириўшилик ҳәм 8 и басқа түрдеги жынаятларды қурайды.
Ишки ислер уйымларында әмелге асырылып атырған системалы жумыслар кинология бөлимлериниң жумысын жетилистириў, хызметкерлердиң кәсиплик тәжирийбесин арттырыў, хызмет ийтлери жәрдеминен нәтийжели пайдаланыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўда халық пенен бирге ислесиўди күшейтиўге хызмет етпекте.
ӨзА