Шаңарақ күнине байланыслы көкирек белгилери тапсырылды

278

Бүгин 15-май Халықаралық шаңарақ күни. Бул сәне пүткил дүньяда Халықаралық шаңарақлар (International Day of Families) күни сыпатында белгиленеди. Байрам БМШ Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халықаралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюцияға муўапық 1994-жылдың 15-май сәнесинен баслап турақлы түрде белгиленип келинбекте.

Усы сәнеге байланыслы  Нөкис районы 15-санлы музыка ҳәм көркем өнер мектебинде байрам илажы болып өтти.

Онда Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары М.Ахмедова сөзге шығып, сәне мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.


Илажда атап өтилгениндей,   Ўатан ҳәр бир инсан ушын ол туўылып өсип, тәрбия алған шаңарағынан басланады. Халқымыз әзелден шаңарақты Ўатан ишиндеги Ўатан, жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны, миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген муқаддес дәргай сыпатында айрықша қәдирлеп ҳәм қәстерлеп келген. Ѳйткени, барлық ийгиликли ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге ҳәм жәмийетке кирип барады.

Кеше даўамында 9 шаңараққа “Жаңа Өзбекстанның ибратлы  шаңарағы” көкирек белгилери  салтанатлы түрде тапсырылды.






Байрам илажы районлық мәденият бөлиминиң концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги