Маманлығын арттырыўға баратуғынлардың 25-30 проценти жеке меншик мектеплерден болатуғыны ҳаққындағы усыныс мақулланды
229

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Бир жыл ишинде 215 оқытыўшы Англия, Франция, Сингапур, Япония, Қубла Кореядағы ең абырайлы университетлерде тәжирийбе арттырды.
Әҳмийетлиси, жеке меншик мектеплер де бул системаға қосылып, оқытыўшыларын сырт елге жибермекте.
Президент келешекте маманлығын арттырыўға баратуғынлардың 25-30 проценти жеке меншик мектеплерден болатуғыны ҳаққындағы усынысты мақуллады ҳәм жуўапкерлерге оны жаңа оқыў жылынан баслап шөлкемлестириўге тапсырма берди.
Усы жылдың өзинде педагогикалық жоқары оқыў орынлары ҳәм маманлығын арттырыў орайларынан кеминде бесеўден, ҳәр бир районнан сонша муғаллимди сырт елге жибериў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА