Билимлендириўде сапа болыўы ушын бәринен бурын педагогларды таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў системасы оған таяр болыўы керек – Президент

372

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.

Бул бағдарда Авланий қәнигелигин арттырыў институты трансформацияланып, оның 13 аймақлық орайының қайта шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.

Низамий жоқары оқыў орны – Миллий педагогика университети сыпатында таяныш жоқары оқыў орны, оның ректоры болса бир ўақыттың өзинде кадрлар таярлаў бойынша министрдиң орынбасары есапланады. Аймақлардағы 12 педагогикалық жоқары оқыў орны да ММБМ системасына өткерилди.

Педагог, студент ҳәм оқыўшылардың билим ҳәм көнликпелерин баҳалаўдың бирден-бир системасы жаратылып, бийғәрез болған Педагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў орайы шөлкемлестирилди.

Енди жуўапкерлер жаратылған имканиятлар тийкарында кадрлар таярлаў, маманлығын арттырыў ҳәм оларды баҳалаў бойынша пүткиллей жаңа системаны енгизетуғыны белгиленди.

ӨзА