Өткен жылы 1,5 мыӊ мектепте Президент ҳәм қәнигелескен мектеплердиӊ билимлендириў бағдарламасы енгизилди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында мектеп билимлендириўи бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Соныӊ 300инде заманагөй лаборатория ҳәм оқыў үскенелериниӊ жоқ екенлиги атап өтилди.
Еки жыл алдын тармақлар талабы тийкарында 289 мектептиӊ 10-класс оқыўшыларына 60 түрдеги кәсиплерди үйретиў басланды. Соннан 114 мектепке исбилерменлер бириктирилип, 4 мыӊ оқыўшы 2 миллионнан 5 миллион сумға шекем айлық алмақта.
Дийқанабад, Ғузар, Касансай, Мыӊбулақ, Үйши, Гүлистан, Сардоба, Хавас, Байсун, Денов, Шоршы, Музработ, Бувайда, Данғара, Хазарасп, Ханқа районларыныӊ ҳәкимлерине биреўден мектепти усы системаға бейимлестириў тапсырмасы берилген еди.
Бирақ, олар кәсипке оқытыў ушын я керекли үскене, я шийки зат алып бермегени сынға алынды.
ӨзА