Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи бойынша видеоселектор мәжилиси басланды
468

Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы халқымызды 15-май – Халықаралық шаңарақ күни менен қутлықлады.
– Шаңарақ – жәмийеттиң таянышы, руўхыйлық бесиги ҳәм әўладлар арасындағы избе-излик белгиси болып есапланады. Халқымыз әзелден шаңараққа муқаддес қәдирият, турақлылықтың беккем тийкары сыпатында қарап келеди.
Ҳақыйқатында да, өз-ара ҳүрмет, шүкиршилик бар шаңарақларда берекет болады. Бундай шаңарақлар қанша көп болса, мәҳәлле де тыныш ҳәм абат болады. Мәҳәллеси тыныш районлар ҳәм қалаларда, улыўма, пүткил мәмлекетте раўажланыў болады.
Пурсаттан пайдаланып, елимиздеги ҳәр бир шаңараққа тынышлық, татыўлық ҳәм абаданлық тилеймен. Мийрим-шәпәәт, садықлық ҳеш бир шаңарақты тәрк етпесин, – деди Президент.
ӨзА