Термизде Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз сөйлесиўиниң биринши мәжилиси болып өтеди

272

19-21-май күнлери Термиз қаласында “Тынышлық, дослық ҳәм абаданлықтың улыўма мәканын қурыў” темасында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылық бойынша Термиз қарым-қатнасының биринши мәжилиси болып өтеди.

Форум Орайлық ҳәм Қубла Азия, Европа, ҒМДА, Азия-Тыныш океаны регионы, Америка, Жақын Шығыс мәмлекетлеринен 200 ге шамалас ўәкиллерди бир жерге жәмлейди.

Форум қатнасыўшылары Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы регионлараралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалайды. Тийкарғы итибар қәўипсизлик, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, экономикалық өсиўди тәмийинлеўде жеке меншик сектор ҳәм қаржы структураларының ролин кеңейтиў мәселелерине қаратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги