«Өзбекстан нефть ҳәм гази» халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов “China Energy Engineering Corporation” (CEEC) компаниясының бас директоры Ни Чжен менен ушырасыў өткерди

201

Онда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў, атап айтқанда, энергетика, инфраструктура ҳәм санаат тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўда (CEEC) белсене қатнасыўын кеңейтиў мәселелери додаланды.


Тәреплер электр энергиясын ислеп шығарыў, қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў, заманагөй инжиниринг ҳәм қурылыс технологияларын енгизиў тараўларындағы бирге ислесиў перспективаларын ҳәр тәреплеме көрип шықты. Сондай-ақ, қурамалы технологиялық объектлерди қурыў, кадрлар таярлаў ҳәм санластырыўды кеңейтиў бойынша бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги