Ташкент қаласында өтип атырған «Өзбекстан нефть ҳәм гази» халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Россия Федерациясы Пермь үлкеси губернаторы Дмитрий Махонин менен ушырасты
267

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, санаат кооперациясы, энергетика, химия, аўыл хожалығы ҳәм билимлендириў тараўларында әҳмийетли биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Пермь аймағы арасындағы исбилерменлик қатнасықларын және де жеделлестириў, атап айтқанда, ири өндирис кәрханалары, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм инвестиция шөлкемлери арасында бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги