Өзбекстан Green Card жеңимпазларыныӊ саны бойынша 1-орынды ийеледи

289

Green Card -2025 те ең көп жеңисти өзбекстанлылар қолға киргизди. DV -2025 Diversity Visa Program жеңимпазларының статистикасы мәмлекет кесиминде жәрияланды.

Атап өтилиўинше, шама менен 131 060 арза бериўшилер жеңимпаз болған ҳәм оларға хабар берилген болып, ҳәзирги ўақытта олар иммиграция визасын алыў ушын арза тапсырыўы мүмкин.

Дизимде Өзбекстан Азияда биринши орынды (5,564 жеңимпаз), кейинги орынларда Иран (5,267 жеңимпаз) ҳәм Аўғанстан (4,009 жеңимпаз) мәмлекетлери орын алған.

ҒМДА мәмлекетлери ишинде Қырғызстан ҳәм Россия да жоқары нәтийже көрсеткен. Украинадан 4256 адам жеңимпаз болған.

DV-2025 Diversity Visa Program Америка Қурама Штатларына аз миграция етиўши мәмлекетлер пуқаралары ушын 203 (с) бөлими тийкарында өткериледи ҳәм ҳәр жылы 55 000 турақлы жасаў визасын береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги