Өзбекстан Республикасы Президентиниң  «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи

270

Бул усы жылдың  5-майдағы «Талантлы қәнигелердиң сырт елде билим алыўын қоллап-қуўатлаў, оларда кәсиплик көнликпелерди раўажландырыў ҳәм хошаметлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманында нәзерде тутылған.

Пәрманға бола,  «Эл-юрт  умиди» қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Перспективалы кадрларды таярлаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры етип қайта шөлкемлестирилди.

«Эл-юрт умиди» қорының тийкарғы ўазыйпалары профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик  руўхында тәрбияланған  кадрларға  талапты үйренип барыўдан ибарат.

Стипендиятлардың Өзбекстанға қайтқаннан соң жумыс ислеўи ҳәм социаллық қорғаў ушын мүнәсип шараятлар  жаратыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслар киргизиў тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады. Соның менен бирге, мәмлекетимиздиң  халықаралық майдандағы унамлы имиджин және де арттырыў ушын стипендиялар потенциалынан пайдаланыў нәзерде тутылған.

2025-жыл 1-сентябрьден  баслап, министрлик, уйым, экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары арасынан мақсетли стажировкаға   жиберилетуғын талабанлар дизими қәлиплестириледи.

Стажировка шөлкемлестирилетуғын сырт ел шөлкемлери ҳәм стажировка мүддети буйыртпашылар, Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги ҳәм «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен белгиленеди.

Мақсетли стажировкаға жиберилетуғын қәнигелердиң стажировка өтеўде зәрүр болатуғын  шет тилин үйрениўи ушын  министрлик, уйым ҳәм экономика тармақларының стратегиялық кәрханалары тәрепинен тийисли шараятлар жаратып бериледи.

Пәрманға муўапық, бакалавриат, магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша билим алыў ушын мүнәсип  талабанларды таңлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Эл-юрт умиди» стипендиясы енгизиледи.

«Эл-юрт умиди» стипендиясы жеңимпазлары ашық таңлаў тийкарында тест сынақлары ҳәм сәўбет өткериў арқалы анықланады. Тест сынақларында талабанлардың интеллектуаллық, таллаў ҳәм креативлик қәбилетлери, психологиялық турақлылығы баҳаланады.

Бакалавриат бойынша және магистратура ҳәм докторантура бойынша халықаралық рейтинг шөлкемлериниң глобал рейтинги нәтийжелерине бола,  биринши жүзликке киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң билимлендириў бағдарламалары бойынша оқыў қәрежетлери  (tuition fee) толық қапланатуғын грант тийкарында қабыл етилген талабанларға «Эл-юрт умиди» қорының стипендиялары таңлаўларсыз ажыратылады;

Биринши 300 ликке киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине қабыл етилген талабанларға халықаралық транспорт ҳәм турақ жай қәрежетлери ушын «Эл-юрт умиди» қорының стипендиялары таңлаўларсыз ажыратылады;

Биринши 20 лыққа киргизилген сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарламалары бойынша оқыў қәрежетлери (tuition fee) кеминде 50 процент қапланатуғын грант тийкарында қабыл етилген Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң питкериўшилерине «Эл-юрт умиди» қорының стипендиялары таңлаўларсыз ажыратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги