Электр тармақлары ушын заманагөй жеткериў системаларының презентациясы өткерилди

186

 “Өзбекстан миллий электр тармақлары” акционерлик жәмийетинде жоқары күшли электр тармақлары таяныш бағаналарының жеткериў системасына байланыслы инновациялық қолланбалардың презентациясы болып өтти.

Илажда жәмийеттиң басшылары ҳәм қәнигелери, жойбарлаў институтлары ҳәм қурылыс-монтажлаў шөлкемлериниң ўәкиллери, сондай-ақ, Санкт-Петербург қаласынан келген “ВОЛЬТ-СПБ” компаниясының қәнигелери қатнасты.

Презентацияда “ВОЛЬТ-СПБ” компаниясының қәнигелери жоқары қарсылық өзгешелигине ийе топырақ шараяты ушын мөлшерленген заманагөй жеткериў системалары бойынша презентация өткерди.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметине бола, бул компания шақмақ шағыўдан қорғаў ҳәм жоқары нәтийжелиликке ийе жеткериў системалары бойынша инновациялық қолланбаларға ийе болып, оларды тийисли тәртипте патентлеген ҳәм халықаралық бирге ислесиўде кеңнен қолланып келмекте.

Сөйлесиў даўамында жаңа технологиялардың әмелияттағы орны, өндирис ҳәм эксплуатациядағы нәтийжелилиги, сондай-ақ, оларды жергиликли шараятларға бейимлестириў мәселелери додаланды.

Презентация жуўмағында атап өтилгениндей, бул илаж тараўдағы мәлимлеме алмасыўды жеделлестириў, бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм электр тармақларының қәўипсизлигин заман талаплары тийкарында тәмийинлеўде әҳмийетли.

 

ӨзА