Пакистан ҳәм Ҳиндстан шегарасы жанындағы рейслер ўақтынша тоқтатылды – “Uzbekistan Airways”

323

Бизге белгили, жолаўшылар, экипажлар ҳәм ҳаўа кемелериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў  халықаралық  рейслердиң  улыўма тийкарғы ўазыйпасы есапланады.

“Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Пакистан ҳәм Ҳиндстан шегарасы жанындағы ҳаўа аймағынан пайдаланыўға  қойылған ўақтыншалық шеклеўлер мүнәсибети менен пәрўаз кестесине мәжбүрий өзгерис киргизилди.

Бул өзгерислер,  Ташкент-Дели, Мумбай, Лаҳор, Бангкок, Куала-Лумпур, Пхукет ҳәм усы қалалар менен  байланыслы қайтыў жөнелислерине байланыслы.

Айырым жағдайларда ушыў ўақты орташа 1,5 саатқа ямаса оннан көбирек артыўы мүмкин.

Егер рейс бийкар етилсе, жолаўшыларға жақын сәнелерге қайта бронь етиў (жәриймасыз) ямаса авиабилет суммасын толық қайтарыў имканияты усыныс етиледи.

Ташкенттен Дели, Мумбай, Лаҳорға пәрўазлар ҳаққындағы мағлыўматлар пәрўазлар кестеси  толық жаңаланғаннан соң қосымша түрде мәлим етиледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА