Урыс қатнасыўшылары ҳәм ветеранлардан хабар алынып, Президент саўғалары тапсырылды

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары Қадирбай Нарманов ҳәм Мария Ивановна, сондай-ақ, фронт артында мийнет еткен Рәўшан Самарканова, атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, Мийнет Қаҳарманы Қәллибек Камаловтың шаңарағында болып, байрам саўғаларын тапсырды.
Ветеранларды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 80 жыллығы менен қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.
Ушырасыўларда жеңиске үлес қосқан қаҳарманлар, фронт артында хызмет еткен ветеранлар, елимиздиң раўажланыўы жолында мийнети сиңген нураныйлардың ийгиликли ислери барқулла еске алынып, оларға ҳүрмет көрсетилетуғынлығы атап өтилди.
Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларына 10 мың доллар муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, ветеранларға да қаржылай сыйлықлар тапсырылды. Сондай-ақ, Президент саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлердиң атынан да баҳалы саўғалар тапсырылды.

Әлбетте, жаўынгерлеримиз ҳәм олар менен бир қатарда фронт артында мийнет еткен ветеранлар, халқымыздың ийгилиги жолында аянбай хызмет еткен мийнет қаҳарманларының ерлик ислери, үлкен исеним ҳәм сабыр-тақаты бүгинги ҳәм келешек әўлад ушын ибрат үлгиси болып хызмет етеди.
Орынларда байрамға бағышланған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги