Абаданлық жолындағы ийгиликли ислер

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў бойынша Шымбай районындағы көше бийлери, нураный-ақсақаллар менен ушырасты.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын атап өтип, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республика аймақларын жедел комплексли раўажландырыў ушын таңлап алынған район (қала) ларда әмелий илажларды әмелге асырыў ҳаққында»ғы 132-санлы қарары қабыл етилгени, усы тийкарда Шымбай районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылыўы тийис жумыслар ҳәм белгиленген ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

Өз гезегинде, көше бийлери мәмлекетимизде алып барылып атырған ийгиликли ислер, әсиресе, Қарақалпақстанға, соның ишинде, Шымбай районына қаратылып атырған итибардан миннетдар екенлигин айрықша тилге алды.
Соның менен бирге, мәҳәллелерди абат етиў, инфраструктуралық машқалаларды шешиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында еле де ислениўи тийис бир қатар әҳмийетли мәселелер көрип шығылды.
Республикамыз басшысы А.Орынбаев бул машқалаларға алдағы ўақытта, әлбетте, шешим табылатуғынлығын ҳәм өзи жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди.
Ушырасыўдан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында Шымбай районында кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша районлық мәкеме-шөлкемлер, жуўапкерлер қатнасыўында үлкен ҳәрекет басланды.
Онда жол бойларында ҳәм инфраструктура объектлери әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барыў, халқымыздың жер менен ислесиў мәдениятын арттырыў ҳәм ҳәр бир шаңарақтың үй алдындағы қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланыўына жәрдем бериў мәселелери бойынша кең түрде атап өтилди.


Әтирап-аймақтың тазалығын сақлаў жумыслары, көшелердиң келбетин жақсылаў, ең баслысы, «Абатлық кеўилден басланады» деген ийгиликли идея тийкарында кең қамтыўлы абаданластырыў жумыслары ҳәр бир аймаққа кирип барыўы керек екенлиги айрықша тилге алынып, бул бойынша ўазыйпалар бөлистирилди.
Буннан соң, республикамыз басшысы Шымбай районы дийқан базары аймағында жаңадан қурылып атырған халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылысының барысы, сондай-ақ, районда алып барылып атырған жаңа қурылыс, реконструкция жумыслары менен танысып, жуўапкер шөлкем басшыларына саўда комплекси қурылысы жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына жәрдем бериў бойынша көрсетпелер берди.

Соны атап өтиў орынлы, бүгинги күнде объектте қурылыс жумыслары даўам етпекте. Улыўма баҳасы 30 млрд. сумлық бул жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда орны имараты, автомашиналар турар орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады.
Сондай-ақ, хызмет сапары даўамында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы исбилерменлер менен да ушырасыў өткерди.
Онда республикамыз басшысы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер, исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша жаратылған шараятларды кең түрде атап өтти.
Өз гезегинде бул жеңилликлерден нәтийжели пайдаланып, районда жумыс орынларын жаратыў, жаңа исбилерменлик қуўатлықларын иске түсириў мәселелери талқыланды.
Соның менен бирге, жаңа қуўатлықларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалалар, өз шешимин күтип турған мәселелер тыңланып, шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги