Өзбекстан ҳәм Түркия: бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша келисимлерге ерисилди

Олий Мажлис Сенатына Түркия Республикасы мийнет ҳәм социаллық қорғаў министри Ведат Ишикхан басшылығындағы делегация келди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықлары барлық бағдарларда, соның ишинде, мийнет, социаллық қорғаў, билимлендириў, саўда, инвестиция ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў тараўларында избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди.

Парламентлераралық қатнасықлар ҳаққында сөз етилип, соңғы жылларда парламентлер арасындағы турақлы сөйлесиў ҳәм өз-ара сапар етиўлер жеделлескени айрықша атап өтилди. Сапарлар шеңберинде бирге ислесиўди тереңлестириўге қаратылған ҳүжжетлерге қол қойылды ҳәм усы тәризде парламентлераралық байланыслар жаңа басқышқа алып шығылды.
Ушырасыўда мийнетти қорғаў, хызметкерлер ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, халықты бәнт етиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарында бирге ислесиўди күшейтиў, тәжирийбе ҳәм мәлимлеме алмасыў және усы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Ушырасыў соӊында тийисли министрлик ҳәм уйымлар арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша келисимлерге ерисилди.
Н.Абдураимова, ӨзА