Юбилей медальлары өз ийелерине тапсырылды

378

Буннан 80 жыл бурын тарийхта өзиниң үлкен шығынлары, аянышлы ўақыялары, нешше аналардың көз жаслары менен терең из қалдырған Екинши жер жүзилик урыстың аўыр ақыбетлери ҳәм урыстан соңғы машақатлы жыллар халқымыздың ядында мәңги сақланып келмекте. Урыс қатнасыўшылары ҳәм фронт артында мийнет еткенлерди ҳүрметлеў, олардың хызметлерин баҳалаў мақсетинде Президентимиз тәрепинен арнаўлы қарар тийкарында «Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы» естелик юбилей медалы шөлкемлестирилип, орынларда  оларды өз ийелерине тапсырыў илажлары өткерилмекте. Тақыятас районында да жуўапкер хызметкерлердиң қатнасыўында районда жасаўшы фронт артында мийнет еткен нураный кекселердиң жағдайынан хабар алынып, оларға «Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы» естелик юбилей медаллары тапсырылды.

Урыстың қыйыншылықларын өз көзи менен көрген, аўыр күнлерин басынан өткерген нураныйлардың бири Тақыятас районында жасаўшы  Авезжан Атажанова быйыл 98 жасты қарсыламақта.

-Урыс жыллары ҳәм урыстан соңғы жыллар халқымыз ушын аўыр күнлер болды. Жоқшылық, қыйыншылық жылларды өз көзимиз бенен көрдик. Ҳәзир Аллаға шүкир, елимиз тыныш, тоқшылық заманда жасап атырмыз. Биз кекселерге усындай ҳүрмет көрсетип атырған Президентимиз, ел басшыларымыз аман болсын,-дейди Авезжан Атажанова биз бенен сәўбетте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги