Әҳмийетли мәселелер үйренилди

384

Республикамыз аймақларында халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди шөлкемлестириў, олардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, сондай-ақ, инфраструктураны жақсылаў және социаллық-экономикалық мәселелер бойынша тийисли илажларды белгилеў мақсетинде республикалық жумысшы топар Әмиўдәрья районында болды, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Сапар шеңберинде жумысшы топар ағзалары Күйик көпир аўылында болып, жергиликли халықтың бир қатар әҳмийетли мәселелери – көпир қурылысы, медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты, бос турған имаратлардан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы машқалаларын үйренди.

Сондай-ақ, аўыл пуқаралар жыйыны жуўапкерлериниң жумысында бар машқала ҳәм кемшиликлер анықланды. Соның менен бирге социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың жағдайынан да хабар алынды, олар менен жүзбе-жүз сөйлесиўлер өткерилип, бар машқалалар ҳаққында мағлыўматлар топланды.

Республикалық жумысшы топар тәрепинен анықланған мәселелер бойынша тийисли шөлкемлерге тапсырмалар берилди ҳәм оларды басқышпа-басқыш шешиў бойынша режелер ислеп шығылды.

Соң, республикалық жумысшы топардың қатнасыўында Холимбег аўылында пуқаралардың мүрәжатлары бойынша көшпели қабыллаў болып өтти.

Онда район ҳәкими С.Хожаметов, ҳәким орынбасарлары, шөлкемлердиң жуўапкерлери ҳәм халық ўәкиллери қатнасты. Пуқаралар тәрепинен бир неше мүрәжатлар келип түсти ҳәм усы жердиң өзинде олардың шешилиўи бойынша тийисли шөлкемлерге көрсетпелер берилди.

Үйрениў даўамында, усы аймақтағы 71-санлы шаңарақлық поликлиниканың жумысы үйренип, халыққа медициналық хызмет көрсетиўдиң жағдайы, шараятлар тексерилди. Анықланған машқалалардың унамлы шешим табыўы ҳәм сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Медициналық орайдың маман шыпакерлер тәрепинен аўыл халқы тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги