Газаға уйымластырылған ҳүжимде 22 адам қайтыс болды

Газа орайындағы Ал-Бурайж қоныў орны аймағындағы мыңлаған қашқынлар баспана тапқан мектепке уйымластырылған ҳүжимде 22 адам, соның ишинде, жети бала қайтыс болды, онлаған адам жарақатланды. Бул ҳаққында CNN хабар берди.
Апатшылық Израиль Бас министри қәўипсизлик мәкемеси анклавта кеңейтилген әскерий операция өткериў қарарын мақуллағанынан бираз ўақыт өткеннен кейин жүз берди. Соннан берли, Палестина денсаўлықты сақлаў уйымының мағлыўматына бола, кеминде 48 пуқара қайтыс болған, 142 адам жарақатланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги