Байден: Трамп Путинди жубатпақта

258

– Украинаны өз жеринен ўаз кешиўге мәжбүрлеў Трамп ҳәкимшилигиниң «заманагөй тынышландырыў» усылы, – деди Жо Байден ВВС хабаршысына берген интервьюинде.

Делавер штатында шығып сөйлеген сөзи арқалы бурынғы Президент Владимир Путин Украина Россияның бир бөлеги екенине исенетуғынын атап өтти. Соның менен бирге, қайсыдур аймақты тынышлық келисиминиң шеңберинде берип жибериў ақыллылық белгиси емес екенлигин де атап көрсетти. Баянатының соңында Байден Трамп дәўиринде АҚШ-Европа қатнасығы бузылғанынан қәўетерленетуғынын, заманагөй дүнья тарийхы өзгериўи мүмкин екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги