Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы: нәшебентликке қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиў беккемленбекте

Ташкенттеги Халықаралық бизнес орайында Орайлық Азияда нәшебентлик затлардың тарқалыўының алдын алыў бойынша Европа Аўқамының «CADAP» бағдарламасы шеңберинде мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери менен уйымларына арнаўлы техника ҳәм үскенелерди тапсырыў мәресими болып өтти.
Илажға Өзбекстандағы Европа Аўқамы делегациясының ўәкиллери, «CADAP» бағдарламасының басшылары ҳәм қәнигелери, Ишки ислер, Денсаўлықты сақлаў министрликлери, Нәшебентлик затларды қадағалаў комитети, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм Нәшебентлик затларды қадағалаў миллий орайының ўәкиллери қатнасты.
Наркотиклерди қадағалаў миллий орайының директоры Равшан Маматов нәшебентликке қарсы гүресиў тараўында көрсетилип атырған ҳәр тәреплеме жәрдем ушын Европа Аўқамы ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди.
2001-жылы иске қосылған «CADAP» бағдарламасы Европа Аўқамының басламасы болып, ол Орайлық Азия мәмлекетлеринде нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына ҳәм олардың Европа мәмлекетлерине транзитине қарсы гүресиўде ҳуқық қорғаў уйымларының ҳәрекетлерин бирлестириўге қаратылған.

Өткен дәўир ишинде бул бағдарлама шеңберинде 800 ден аслам жергиликли қәниге Европа мәмлекетлериниң жетекши мәкемелеринде ҳәм қәнигелескен халықаралық орайларында қәнигелигин арттырып, тәжирийбе алмасты.
Өзбекстан Европа Аўқамы мәмлекетлери менен жедел раўажланып атырған бирге ислесиўди жоқары қәдирлейди. Бул бирге ислесиў тек ғана сиясий тараўда емес, ал жынаятшылық ҳәм нәшебентликке қарсы гүресиў бағдарында да беккемленбекте. Бул бағдарда өз-ара пайдалы ҳәм системалы бирге ислесиў даўам еттириледи.
«CADAP – 7» бағдарламасының директоры Эрнест Робелло усынылған арнаўлы техника ҳәм үскенелер тек ғана тийисли уйымлардың аналитикалық ҳәм техникалық потенциалын күшейтип қоймастан, бирге ислесиўди және реал ўақыт режиминде мағлыўмат алмасыўды тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратады.
Қатнасыўшылар синтетикалық нәшебентлик қураллары тарқалыўының кескин артқаны ҳәм бул тараўда интернет тармағы, мессенджерлер ҳәм аноним төлем системаларынан белсене пайдаланылып атырғаны менен байланыслы заманагөй қәўип-қәтерлерге айрықша итибар қаратты.
Илаж жуўмағында тәреплер «CADAP» бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, трансмиллий нәшебентлик жынаятшылыққа қарсы нәтийжели гүресиўге имканият жаратыўға исеним билдирди.
Н.Абдураимова, ӨзА