Өзбекстан өнимлери «Tutto Food 2025» халықаралық көргизбесинде көрсетилмекте

Италияның Милан қаласында болып өтип атырған «Tutto Food 2025» халықаралық көргизбесинде Өзбекстанның азық-аўқат санааты кәрханалары да белсене қатнаспақта.
Соның ишинде, миллий павильонымызда 15 экспортшы кәрхана өз өнимлери менен қатнаспақта. Олардан бесеўи халықаралық көргизбеде биринши мәрте өз стендлери менен қатнаспақта.

Бул көргизбе азық-аўқат өнимлери тараўындағы ең ири ҳәм абырайлы илажлардан бири болып, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлерине экспорт потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жергиликли кәрханаларымыз өз өнимлерин «Made in Uzbekistan» миллий бренди астында көрсетпекте.

Көргизбе шеңберинде жаңа бирге ислесиў байланысларын жолға қойыў, экспорт көлемин кеңейтиў бойынша ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер алып барылмақта.
Режеге бола, мәмлекетимиздиң «Zuho Qamar» ҳәм «Lord Fruits» ЖШЖ кәрханалары Европаның ири импортерлары менен келисимге қол қойыўы күтилмекте.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзА