Өзбекстаннан Москваға жол алған алты авиарейстиң мәнзили өзгерди

217

«Uzbekistan Airways» компаниясының баспасөз хызмети Москва ҳаўа аймағының жабылыўы мүнәсибети менен авиакомпанияның бир неше рейслери резерв аэропортларға бағдарланғанын мәлим етти.

HY9619 (Наманган – Москва, Внуково) – Уфаға бағдарланған;

HY9671 (Ташкент – Нижний Новгород) – ҳәзирги ўақытта Уфада;

HY613 (Ташкент – Москва, Внуково) – Санкт-Петербургқа қонған;

HY9627 (Ферғана – Москва, Внуково) – Санкт-Петербургта;

HY601 (Ташкент – Москва, Домодедово) – Санкт-Петербургта;

HY605 (Самарқанд – Москва, Внуково) – Санкт-Петербургта.

«Uzbekistan Airways» авиакомпаниясы жолаўшылардан қолайсызлықлар ушын кеширим сорап, жаңалықларды бақлап барыўды усыныс етти.

Ш.Маматуропова,

ӨзА