Ҳиндстан Пакистанға ҳаўадан соққы берди

296

Ҳиндстан ҳүкимети Пакистан қол астындағы Кашмир регионының тоғыз орнына ракета ҳүжимин әмелге асырды. Бул ҳаққында ВВС хабар тарқатқан.

Пакистан әскерлери болса үш аймаққа соққы берилгенин мәлим етти. Ҳәзирше 8 адам қайтыс болғаны айтылмақта.

Ядро қуралына ийе бул еки мәмлекет арасындағы қатнасық өткен айда Паҳалгамда жаўыз күшлердиң туристлерге қәўипли ҳүжиминен кейин кескин төменледи.

Дели «трагедияға Пакистанға қоныс басқан террористлердиң ашықтан-ашық байланыслы екенлигин көрсететуғын дәлиллер бар» деп жәриялады. Пакистан тәрепи бул болжаўды бийкар еткен.

Ҳәзирги ўақытта ҳинд нышанларына қарсы әмелият та басланғаны ҳаққында мағлыўматлар бар. Мәселен, Сринагардағы авиабаза әлле қашан ракета ҳүжимине ушырағаны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги