Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 5-майда қол қойылған «Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм билимлендириў хызметлерин көрсетиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында нәзерде тутылды.

Пәрманға бола, 2025-жыл 1-июльден жаңадан шөлкемлестирилетуғын билимлендириў шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў еки басқышта әмелге асырылады.

Биринши басқышта жумысты баслаў ушын орта арнаўлы, кәсиплик, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў шөлкемлери орнатылған тәртипте лицензияланады, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыў билимлендириў шөлкемлерин хабардар етиў тәртибинде шөлкемлестириледи.

Кейинги басқышта болса билимлендириў шөлкемлериниң кадрлар таярлаў жолға қойылатуғын билимлендириў бағдарламалары арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериледи.

ӨзА