Алимент пул алдыннан төленди

271

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы Беруний районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде қарыздар әке бес жыллық алимент пулын алдыннан төледи.

Пуқаралық ислер бойынша Беруний районлараралық судының быйыл 5-апрель күни орынлаў ҳүжжетине тийкарланып өндириўши И.Г.ның пайдасына тәрбиясындағы бир перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар Б.Рдың ҳәр айдағы жәми дәраматының 1/4 бөлеги муғдарында алимент өндириў белгиленген. Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен қарыздардың атындағы автомашинаға қадаған етиў белгиленип, оның шетке шығыў ҳуқықына шеклеў орнатылды. Буннан хабар тапқан әке бөлимге келип, жақын арада сырт елге шығыўы керек екенлигин ҳәм сыртқа шығыўдың жолларын сораған.

Сонда бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздар әкеге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-октябрь күнги «Алиментлерди алдыннан төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетлемесин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында есаплап шығылған бес жыллық алимент пулы алдыннан төленсе, сыртқа шығыўға орнатылған шеклеў ўақтыншалық бийкар етилиўи ҳаққында түсиник берилди.

Буннан соң қарыздар усы жылдың 5-май күни Мәжбүрий орынлаў бюросы Беруний районлық бөлимине келип, бес жылға есапланған 63 миллион сумнан артық алимент пулын өндириўши И.Г.ға алдыннан төлеп берди.

ӨзА