13 жасынан берли бесик соғып атырған өнермент

Фоторепортаж
Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы Күн нуры мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Азамат Избергеновты шебер бесик устасы сыпатында көпшилик жақсы таныйды. Ол соққан бесиклер қаншадан қанша баланы ҳәййиўлеп, камалға келтирген.
– Мектепте оқып жүрген ўақытларымда, яғный 13 жасымда биринши бесигимди соққанман,-дейди өнермент. – Әкемниң үйреткенлери ҳәм қоллап-қуўатлаўлары маған бәрқулла күш-ғайрат берген. Ҳәзирги ўақытта устаханамызда ҳәр айда 80-100 бесик таярланады.

Өнерменттиң өмирлик жолдасы Зияда, қызы Нилуфар ҳәм егизек балалары Асан ҳәм Үсен әкесине жақын жәрдемши. Олар бесик ҳәм оған зәрүр буйымларды биргеликте таярлайды. Келешекте өнермент жумысын кеңейтип, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў нийетинде.
Қарақалпақстан хабар агентлиги