Парламентте көпшиликти қурайтуғын «Раўажланыў блоги» бойынша қарар қабыл етилди

Бурын хабар бергенимиздей, Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы» ҳәм «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциялары биргеликте «Раўажланыў блоги»н шөлкемлестирди.
Төменги палатаның бүгинги мәжилисинде дәслеп ҳәр еки фракцияның «Раўажланыў блоги»н шөлкемлестириў ҳаққындағы билдириўи туўралы мәселе көрип шығылды.
Бул мәселе бойынша шығып сөйлеген ӨзЛиДеП фракциясының басшысы Актам Ҳайитов “Раўажланыў блоги” парламентаризм тарийхында әҳмийетли қәдем екенин атап өтти:

– Парламентте көпшиликти қураған ҳәр еки фракциямыз партияларымыздың бағдарламалық ўазыйпалары, сиясий идеяларының жақынлығынан келип шыққан ҳалда «Раўажланыў блоги»н дүзди. Бул блок шеңберинде халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерк-ықрарын жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық имканиятларды жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркамал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң әҳмийетли буўынына айланған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдиллик, нызам үстинлиги, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилген «Өзбекстан – 2030» стратегиясы, оны әмелге асырыўға қаратылған ҳүкиметлик бағдарламаны толық қоллап-қуўатлаймыз. Стратегияны турмысқа енгизиўде биргеликтеги күш ҳәм бар имканиятларымызды жумсаймыз, – деди ӨзЛиДеП жетекшиси.

Буннан соң «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясының басшысы Алишер Қодиров шығып сөйлеп, бүгинги глобалласыў шараятында блогқа бирлесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти:
– Бүгинги глобаллық кескинлик жағдайында мәмлекетимизде миллий мәплеримизди қорғаўда барлық ҳәкимият уйымлары аўызбиршиликли болыўы керек. Парламент, тәбийғый, халықтың усынысларын қәлиплестиретуғын майдан. Усы мақсетте бул жерде ҳәр қыйлы тартысыўлар ҳәм пикир таласлар болады.
Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының бурыннан биргеликте ҳәрекет етиў бойынша тәжирийбеси бар ҳәм бул өз нәтийжесин көрсеткен. «Раўажланыў блоги» оң күшлер блоги есапланады. Биз Өзбекстанды раўажланып атырған мәмлекетлер қатарында болыўын қәлеймиз. Бул жолда айрықша принципимиз бар – яғный, ҳәр қандай раўажланыў миллий мәплеримиз ҳәм қәдириятларымызға сүйенген ҳалда әмелге асырылыўы керек.
Фракцияларымыздың биргеликтеги қарары тийкарында дүзилген «Раўажланыў блоги» мәмлекетимиздиң раўажланыўына, халқымыздың абаданлығына хызмет етеди. Тек ғана нызамларды қабыл етиў емес, ал жәмийетимизди бирлестириў, мәмлекетимиздиң бирден-бир қүдиретли мәмлекет болыўына хызмет етиў «Раўажланыў блоги»ниң тийкарғы ўазыйпасы болады, – деди партия жетекшиси.
Мәжилисте ӨзЛиДеП ҳәм ӨзМТДП фракциялары бул блок арқалы улыўмалық мәплерге ерисиў жолында бирге ислесиўди буннан былай да нәтийжели жолға қойыў, бул баслама миллий мәплерге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилип, «Раўажланыў блоги»н шөлкемлестириў ҳаққындағы билдириў мәселесинде тийисли қарар қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА