Туризмнен түскен дәрамат аймақты раўажландырыўға хызмет етеди

318

Мүнәсибет

Бүгинги глобалласыў шараятында мәмлекетлер арасындағы бәсекилик тийкарынан экономикалық, мәдений ҳәм туризм потенциалы арқалы белгиленбекте. Усы көзқарастан Өзбекстанның бай тарийхый мийрасы, бийтәкирар тәбияты ҳәм мәдений көптүрлилиги оны дүнья туризминде мүнәсип орынға жоқарылатыў потенциалына ийе болып, соӊғы жылларда бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар буныӊ айқын кѳриниси болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысының Хорезм ўәлаятына әмелге асырған гезектеги сапары да әне, усы стратегиялық мақсетлерди өзинде жәмлеген болып, илаж шеңбериндеги биринши мәнзил – Үргенш халықаралық аэропорты болып, бүгинги күнде жолаўшыларға  сапалы хызмет көрсетип келмекте. Аэропортты заманагөй инфраструктура талапларына бейимлестириў режелестирилген болып, бул бағдарда сырт ел авиакомпаниялары менен бирге ислесиўди кеңейтиў, Корея тәжирийбесин үйрениў ҳәм жергиликли қәнигелерди таярлаў мәселелери де додаланды. Бул илажлар хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес инфраструктура жаратыў менен бир қатарда Хорезмге келетуғын туристлердиң санын 5 миллионға жеткериў ушын әҳмийетли басқыш болады.

Хорезм ўәлаятының бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы айрықша итибарға ылайық. Бул жерде 260 тан аслам тарийхый естеликлер болып, олардың ишинде Ичан қала комплексиниң ЮНЕСКО Дүнья жүзилик мийрасы дизимине киргизилгени халықаралық көлемдеги тән алыныўды билдиреди.

Жаңадан қурып питкерилген “Арда Хийўа” сыяқлы заманагөй туристлик орынлар тарийх ҳәм бүгинги күнниң үйлесиўинде туризмди раўажландырыўға хызмет етпекте.

Буннан тысқары, еле толық иске қосылмаған потенциаллы бағдарлар да бар. “Саҳра жулдызы” туристлик комплекси, экстремал туризм объектлери, гастрономиялық ҳәм саўда көшелери арқалы Хорезмде пүткиллей жаңа туризм экосистемасы жаратылмақта ҳәм бул ѳз гезегинде халықтың бәнтлигин арттырыўға да хызмет етеди.

Мәдений-руўхый мийрасты заманагөй технологиялар арқалы үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Уллы ойшыллар” ашық аспан астындағы “смарт” музейи жойбары ислеп шығылған. Бул баслама да туристлерге интерактив форматта тарийхымызды тереңирек үйрениў имканиятын береди. Президентимиз тәрепинен алға қойылған “Хорезм – Қарақалпақстан” туризм айланбасы жойбары болса тек ғана еки аймақ арасындағы туризм интеграциясын тәмийинлеў емес, ал пүткил Аралбойы регионын дүнья туристлерине таныстырыўда әҳмийетли басқыш болады.

Қарақалпақстан бийтәкирар тәбияты, өзине тән тәбийғый ландшафты, бай мәдений мийрасы ҳәм экологиялық туризм имканиятлары менен айрықша итибарға ылайық. Аралбойы регионында жайласқан Мойнақ қаласы бүгин пүткил дүнья жәмийетшилигиниң итибарында болып, Арал апатшылығының ақыбетлерин өзинде сәўлелендирген аймағы экологиялық туризм, илимий экспедициялар ҳәм ҳүжжетли фильмлер ушын сийрек ушырасатуғын орынға айланған. Бул жерде қурылған Аралбойы экологиялық музейи, суў спорты фестивальлары ҳәм халықаралық форумлар арқалы экологиялық машқалалардың әҳмийетлилиги кеңнен сәўлелендирилмекте.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан аймағындағы Елликқала, Миздахқан, Аязқала сыяқлы әййемги қалалар, Савицкий атындағы Қарақалпақ көркем өнер музейи сыяқлы орынлар миллий ҳәм сырт елли туристлер ушын үлкен қызығыўшылық оятпақта. Гастрономиялық ҳәм этнотуризм бағдарлары да жедел раўажланбақта. Қарақалпақ халқының миллий тағамлары, өнерментшилиги ҳәм халық дөретиўшилиги элементлери туристлерде умытылмас тәсирлер қалдырмақта.

“Хорезм – Қарақалпақстан” туризм айланбасының ислеп шығылыўы региондағы транспорт-логистика инфраструктурасын жақсылаў ҳәм хызмет көрсетиў сапасын арттырыўға қаратылған. Тезжүрер поезд қатнаўының Нөкиске шекем создырылыўы, туристлик маршрутлар санының артыўы региондағы туристлер ағымын көбейтеди.

Жуўмақластырып айтқанда,  Президентимиздиң Хорезмге сапары ҳәм алға қойылған “Хорезм – Қарақалпақстан” туризм айланбасы басламасы тек ғана туризм тараўын раўажландырыўға емес, ал пүткил регионның экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажланыўына хызмет ететуғын әҳмийетли стратегиялық қәдем болды. Усыныс етилген жойбарлар елимиздиң үлкен потенциалын толық иске қосыўға, халқымыздың абаданлығын арттырыўға, ең тийкарғысы, Өзбекстанныӊ глобал туризм картасында мүнәсип орын ийелеўине хызмет етеди.

Руслан Джумамуратов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги