«Click» үстинликке ийе шөлкем деп табылды
275

Онлайн төлем системалары базарында «Click» АЖ үстинликке ийе санлы платформа операторы деп тән алынды.
Бул бағдарда Бәсеки комитетиниң тийисли буйрығы қабыл етилген.
Сондай-ақ, Комитет тәрепинен үстинликке ийе санлы платформа операторы жумысын бәсеки ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине муўапық, үстинликтен пайдаланыў жағдайларының алдын алыў мақсетинде мәжбүрий тәртипте Монополияға қарсы комплаенс системасы енгизиледи ҳәм тийисли тәртипте мониторинг өткерип барылыўы мәлим етилген,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги