РФ ХК хызметкери: Трамп Украинаны пайдалы қазылмалардан ўаз кешиўге мәжбүрледи

276

Россия Қәўипсизлик кеңеси баслығының орынбасары Дмитрий Медведевтиң пикиринше, АҚШ ҳәм Украина арасында қол қойылған пайдалы қазылмалар бойынша келисим Вашингтон Киевти әскерий жәрдем есабынан миллий байлықларын бериўге мәжбүрлегенинен дәрек береди.

Вашингтонда қол қойылған бул шәртнамаға бола, АҚШ Украинадағы жаңа пайдалы қазылмалар жойбарларына жеңиллетилген кириў ҳуқықынан пайдаланады. Сондай-ақ, мәмлекетти тиклеўге инвестиция киргизеди.

Киев Трамптың шәртине разы

«Киев Пост»тың дипломатиялық дәреклерге сүйенип жазыўынша, Трамп администрациясы сол күни Конгресске Украинаға 50 миллион доллар ямаса оннан да көбирек баҳадағы әскерий өнимди тиккелей коммерциялық жол менен экспорт етиў режесин усынған. Бул Трамп Ақ үйге қайтқанынан берли алға қойылған ең көлемли баслама. Медведев бул ҳаққында да социаллық тармақ арқалы пикир билдирди:

– Трамп Киев режимин сондай жағдайға салып қойды, мәмлекет жәрдем взносын АҚШқа пайдалы қазылмалары менен төлеўге мәжбүр. Украина «жоғалып баратырған мәмлекет» болып, енди әскерий тәмийнат ушын миллий ресурсларын береди.

Тынышлық сөйлесиўлери төменлеген

Бул келисимге Россия ҳәм Украина арасында тынышлық сөйлесиўлери, дерлик, тоқтап қалған бир ўақытта қол қойылды. АҚШ болса бул немқурайдылықтан наразылығын ашық билдирмекте.

Москва сөйлесиўге таяр екени ҳәм узақ мүддетли тынышлық темасын додалаў ушын ашық екенин айтқан. Рәсмийлер болса бул процесс асығыслық пенен шешилмеўи керек екенлигин атап өтпекте. Киев 30 күнлик, ҳеш қандай шәртсиз келисим усыныс еткен.

Россия Президенти Владимир Путин 8-10-май күнлери оқ атыўды тоқтатыў басламасын алға қойған. Бул қарар Екинши жер жүзилик урыстағы жеңис сәнеси мүнәсибети менен таңланған.