Отажанова Ойимжанға «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

185

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Өзиниң исбилерменлик ҳәм интакерлик пазыйлетлерин көрсетип, аўыл хожалығы тараўында салмақлы нәтийжелерге ерисип киятырғаны, атап айтқанда, нәл жетистириў ҳәм гүл жетистириў тармақларын бай тәжирийбе ҳәм инновациялық усыллар тийкарында раўажландырыў, «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарын табыслы әмелге  асырыў, халықты қыйтақ жер менен ислесиў жумысына тартыў ҳәм абаданлығын жоқарылатыўға қосқан үлкен үлеси, жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында, мийнеткеш ҳәм ғайратлы инсанлар етип тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары ушын Хорезм ўәлаяты Ханқа районындағы «Собиржон-Юсуп» фермер  хожалығының баслығы Отажанова Ойимжанға «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери» ҳүрметли атағы берилсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев