Жойбар шеңберинде майыпларға жаратылған шараятлар үйренилди

388

Бизге белгили, “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳәм ӨзЛиДеПтиң сайлаўалды бағдарламасында ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, социаллық хызметлер көрсетиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа система жаратыў сондай-ақ, олар ушын қолайлы ҳәм оптимал орталықты жаратыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген.

Усы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы ӨзЛиДеП фракциясы менен биргеликте “Инклюзив жәмийетке қарай” жойбары ислеп шығылған болып, нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасында да жойбар шеңберинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарап Отемисов пенен биргеликте үйрениўлер алып барылды. Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы  депутаты, жойбар жумысшы топар басшысының орынбасары Жасур Жумаев  қатнасты.

Жумысшы топар дәслеп, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында болып, орайдың жумысы ҳәм онда майыплығы болған шахслар ушын жаратылған имканиятлар менен танысты.

– Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен майыплығы болған шахсларға “машқаласы бар инсанлар” деп қараўдан ўаз кешип, олардың имканиятын кеңейтиў ушын, бәринен бурын, социаллық-экономикалық системаны жетилистириў жолынан барыўымыз, буның ушын имканияты шекленген пуқаралар мәмлекетимиздиң социаллық, экономикалық ҳәм сиясий турмысында белсене қатнасыўы ушын “тосқынлықсыз орталық,” яғный қолайлы шараят жаратыў зәрүр,-дейди Ж. Жумаев.

Соның ишинде, кейинги жыллары Өзбекстанда инклюзив жәмийетти басқышпа-басқыш қурыў бағдарында мақсетли ҳәрекетлер әмелге асырылды. Атап айтқанда, пуқараларға өз таңлаўына қарай, мәмлекет тәрепинен берилетуғын сертификат есабынан қәлеген ислеп шығарыўшыдан протез-ортопедия буйымлары ҳәм реабилитация техникалық қуралларын сатып алыў механизми енгизилди.

Мәмлекетимизде биринши мәрте мүтәж халықты заманагөй протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация техникалық қураллары менен тәмийинлеў жолға қойылды. Медициналық-социаллық хызметлерди мәлимлеме-коммуникация технологиялары тийкарында көрсетиў бойынша арнаўлы электрон программалық тәмийнат – “Социаллық хызмет” электрон платформасы ислеп шығылды ҳәм иске қосылды. Онда тийисли министрликлер ҳәм уйымларға майыплығы болған шахслар тәрепинен онлайн мүрәжат етиў имканияты жаратылды.

Майыплық белгилери анық көринип турған, анатомиялық кемшиликлери болған шахсларды клиникалық-функционал мағлыўматларды алыўға байланыслы қосымша тексериўден өткерместен, пуқараның қатнасыўысыз майыплықты мүддетсиз белгилеў механизмлери енгизилди. Мәмлекетимизде майыплықты белгилеўдиң “социаллық” моделине басқышпа-басқыш өтиў концепциясының жойбары ҳәм оны әмелге асырыў бойынша “Жол картасы” ислеп шығылды.

Ҳәзирги күнде Нөкис қаласы “ИНСАН” социаллық хызметлер орайы тәрепинен 479 имканияты шекленгенлер протез-ортопедия үскенелери ҳәм реабилитация техникасы менен тәмийинленген.

Олардың  арасында  Парахат Боджанов та болып, тәғдирдиң иси менен еки аяғынан айрылған. Бирақ ол соған қарамастан үйинде акфа айна ҳәм есиклер ислеп шығарады. Оған жаңа протез-ортопедия үскенелерин алыў ушын орай тәрепинен 30 млн сум ақшалай қаржы ажыратылған.

Депутат Ж.Жумаев Парахат ағаның шаңарағында болып, оның жумысы менен танысты.

– Майыплық жумыс ислей алмайды дегени емес, бул түсиникти уқыпсызлыққа тийкарлаў қәте көзқарас,-дейди Парахат Боджанов.- Шаңарақлыман, бир ул,  бир қызым бар. Еки аяғым протез, ҳәрекетлениўиме аўырлық ҳәм қолайсызлық келтиреди. Бирақ мен шаңарақ басшысы сыпатында үйде бийкар жатыўға қысынаман. Дурыс, мениң имканиятым айырым мәселелерде шекленген. Бирақ бул толық мәмлекет ҳәм ата-ана қарамағында жасаў деген түсиникти аңлатпайды. Өз мүтәжликлеримди қаплаў ҳәм шаңарағымды бағыў ушын  имканиятымнан келип шығып, жумыс табыў нийетинде айырым шөлкемлерге мүрәжат етип көрдим, пайдасы болмады. Акфа ислеп шығаратуғын устаға шәкирт болдым. 3 ай бийпул иследим, жетерли тәжирийбе алғаннан соң, мәмлекетимиз тәрепинен майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке кеңнен тартыў мақсетинде берилип атырған субсидия тийкарында процентсиз кредит алдым. Ҳәзир жумысларым жақсы.

Жумысшы топар сондай-ақ, “Шымбай гүзары” МПЖдағы Өзбекстан майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлимине қараслы “Нукус текстиль” унитар кәрханасы менен де жақыннан танысты. Кәрхана баслығы  Паршагүл Давлетиярова  әтирапында  майыплығы болған 10 ҳаял-қызды жумыс пенен тәмийинлеп киятырған үлгили исбилермен ҳаял. Кәрхана баслығы П. Давлетиярова  екинши топар майыбы. Бирақ соған қарамастан ол 25 жылдан берли өзиниң сүйикли иси – тигиўшилик пенен шуғылланып келмекте. Ол кийим-кеншек, көрпе төсек, одеял, балалар костюмларын тигеди. Дәслеп бул жумыс пенен оның бир өзи шуғылланатуғын еди, кейин ала ол мәмлекеттен жеңиллетилген кредит алып басқа да майыпларға усы кәсипти үйретти. Ҳәзирги күнде “Нөкис текстиль” унитар кәрханасында 20 дан аслам майыплығы болған инсанлар жумыс пенен тәмийинленген. Паршагүл апаның айтыўынша, бул жумыс пенен шуғылланыўдан оның тийкарғы мақсети дәрамат алыў емес.

– Биз өз өнимимизди сатыўдан алған дәраматымыздың бир бөлегин турақ жайларды оңлаў, майыплар ушын керекли үскене, дәри-дәрмақ сатып алыў ҳәм  олардың машқалаларын шешиўге жумсаймыз. Өзим де майып болғаным ушын олардың машқалаларын жүдә жақсы түсинемен, – дейди исбилермен.

Қызғын сәўбет даўамында депутат тәрепинен Паршагүл апаның инсаныйлық бизнеси ҳәммеге үлги екенлиги атап өтилип, жумыс шеңбериндеги ҳуқықый мағлыўматлар берип өтилди. Сондай-ақ, олардың машқалалары ҳәм мүрәжатлары тыңланды.

Күнниң екинши ярымында жумысшы топар “Инклюзив тәлимнен- инклюзив жәмийетке қарай” жойбары шеңберинде Республика Жоқары оқыў орынларында алып барылып атырған илажлар менен жақыннан танысыў мақсетинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болды.

Үйрениў жумыслары даўамында оқыў орнындағы майыплығы болған студент- жаслар оқытылатуғын билимлендириў мәкемелериниң зәрүр әдебиятлар, методикалық қолланбалар, оқытыў ушын инклюзив билимлендириў системасының шөлкемлестирилгенлиги, билимлендириў мәкемесиниң арнаўлы үскенелер (көтериў қурылмасы, пандус, тутқыш ҳәм басқалар), сондай-ақ, тийисли кадрлар (арнаўлы педагог, руўхый-педагогикалық бақлаў бойынша қәнигелер) менен тәмийинленгенлиги  үйренилди. Депутат университетте билим алып атырған майыплығы болған студент-жаслар менен ушырасып, майыплығы болған шахсларға ажыратылған 85 түрли имканият ҳәм жеңилликлер бойынша мағлыўматлар берип өтти. Сондай-ақ, жоқары оқыў орны жатақханасында билим алып атырған студент-жаслардың жағдайынан хабар алды.

Социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс тәризин жақсылаў, жәмийетте өз орнын табыўы бағдарындағы илажларды буннан былай да жетилистириў мақсетинде депутат Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Рустам Сапарбаев пенен ушырасты.

Ушырасыўда соңғы жылларда мәмлекетимизде майыплықты белгилеўдиң социаллық моделине басқышпа-басқыш өтиў, барлық пуқаралар, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын инклюзив жәмийет қурыў бойынша изшил хәрекетлер басланғаны атап өтилди.

Қызғын сәўбет даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған “Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша” жойбар додаланды. Депутат Ж.Жумаевтың атап өтиўинше, бул жойбар бала ержеткенинде шахс сыпатында қәлиплесиў, қәбилетин раўажландырыў ушын еркин финанслық ресурсларға ийе болыўын тәмийинлеўге хызмет етеди. Өз гезегинде, мәмлекеттен жәрдем қаржыларын талап етиў ҳәм социаллық жәрдемге бағынышлылық сезими азаяды.

Сондай-ақ, депутат Өзбекстан майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Жаббар Нарбаев пенен биргеликте, аймақтың бир қатар социаллық ҳәм мәдений мийрас обектлери, аўқатланыў, саўда орайлары ҳәм автостанцияларда майыплығы болған шахслар ушын тосқынлықсыз орталық шараятлары жаратылғанлығы бойынша жәмийетлик мониторинг өткерилди. Үйрениў даўамында анықланған кемшиликлер бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

– Қағыйдаға муўапық, имаратлардың автомобиль турыў орынларында майыплығы болған шахслар ушын өз алдына орын шөлкемлестирилиўи керек. Буннан басқа, имаратларға кириў бөлимлеринде пандуслардың бийиклиги қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары (ШНҚ 2.07.02-22) талаплары дәрежесинде орынланыўы зәрүр. Сондай-ақ, белгиленген ноқатларға бағдарлаўшы белгилер ҳәм тактил қапламалар орнатылыўы, қабыллаў, дизимнен өткериў ҳәм хызмет көрсетиў пунктлери майыплық арбашаларында ҳәрекетлениўши шахслар ушын бейимлестирилиўи мәжбүрий, – дейди Өзбекстан майыплар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Жаббар Нарбаев.

Бул бойынша қурылыс тараўының жуўапкерлери, тараўға байланыслы шөлкемлердиң басшылары қатаң ескертилди. Жол қойылған кемшиликлерди тез мүддетлерде сапластырыў, белги ҳәм көрсеткишлер орнатыў бойынша усыныслар берилди.

Ушырасыў даўамында жүзеге келип атырған машқала ҳәм кемшиликлер ҳәр тәреплеме додаланып, оның шешими бойынша бағдарламалық режелер ислеп шығылды.

“Инклюзив жәмийетке қарай” жойбары майыплығы болған шахсларға еркин турмыс кешириўге, өз орнын табыўға ҳәм жәмийеттиң белсенди ағзасы болыўға жәрдем береди. Бул тек ғана айырым шахслар емес, ал пүткил жәмийет ушын үлкен жетискенлик болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги