Әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли процесс

258

1-май күни мәмлекетимизде мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының сайлаўы басланды.

Усы әҳмийетли сиясий илаж мүнәсибети менен елимиздеги 9 мың 452 мәкан пуқаралар жыйынының сайлаўларын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылды.

Бүгин жәмийетимизде болып атырған реформалар процесинде мәҳәллелер де белсене қатнасыўшы, ең жақын жәрдемшиге айланғанын айтыў керек. Адамлардың дәрти ҳәм тәшўишлерин үйрениў, оларға өз ўақтында ҳәм дурыс шешим табыў, шаңарақлардың жағдайын қалыс ҳәм әдил таллаў мәҳәлле жумысына жуўапкер болған белсендилерден үлкен билим, күш ҳәм потенциал, жетекшилик қәбилети, адамлар менен нәтийжели жумыс алып барыў, олардың машқалаларын терең ҳәм ҳәр тәреплеме үйрениў, интакерликти талап етпекте.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы шөлкемлестирилди. Барлық тараўларда “мәҳәлле кесиминде” ислесиў усылы кеңнен енгизилди. Халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, жынаятшылықтың алдын алыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, шаңарақларда тынышлық-татыўлық ҳәм аўызбиршиликти үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Мәҳәлле жетилиги” жумысы кеңнен жолға қойылды.

Бул болса мәҳәлле баслықларының ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилигин және де кеңейтиўде, мәҳәллеге байланыслы барлық жумысларды жоқары нәтийже менен жолға қойыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Өзбекстан Республикасының “Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында”ғы нызамына киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға муўапық мәкан пуқаралар жыйыны баслықларының ўәкиллик мүддети 5 жылға созылды.

Енди биринши мәрте сайлаўларды жаңаша демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдынлықта, пуқараларымыздың ерк-ықрарын еркин билдириў принциплерине сай тәризде өткериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўлары бойынша ўатанласларымыздың хабардарлығын арттырыў бойынша да системалы жумыслар алып барылғаны итибарға ылайық.

Булардың барлығы мәҳәлле басшылығына ең мүнәсип талабанлардың сайланыўында тийкарғы фактор болып хызмет етеди.

Назокат Усмонова, ӨзА

ӨзА хабаршысы