Жас боксшилеримиздиң Азия чемпионатындағы табыслары
319

Иордания пайтахты Амман қаласында бокс бойынша жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионаты өз жуўмағына жетти.
Бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 8 алтын, 7 гүмис ҳәм 4 қола медальларын жеңип алыўға миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, қарақалпақстанлы жас боксшилерден -70 кг салмақта Улбосын Жалғасбаева гүмис, +80 кг да Артур Кеңесбаев қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Қәбилетли боксшилеримизди жарысқа тәжирийбели тренерлерден Асқар Жуманов ҳәм Шараф Айтбаевлар таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы