Европа жетекшилери 9-май күни Киевке келмейди

Европа жетекшилери 9-май күни Киевке келмейди-Москвадағы Жеңис парадына жуўап ретинде таярлық көрип атырған Украина басшылары усындай жуўап алды, деп жазды Politico.
Польша бас министри Доналд Туск Эммануэл Макрон менен қорғаныў келисимине қол қойыў ушын Францияға барады, британ бас министри Ким Стармер болса Ослодағы қорғаныў саммитинде қатнасады. Германияның болажақ канцлери Фридрих Мерц де Украинаға келе алмайды, себеби оның ҳүкимети тастыйықланбаған.
Бирақ Евроаўқам мәмлекетлериниң сыртқы ислер министрлери Киевке барыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.