Кулеба: Украина енди АҚШқа исене алмайды

298

Украинаның бурынғы сыртқы ислер министри Дмитрий Кулебаның пикиринше, мәмлекет орта мүддетли перспективада Қурама Штатларға сүйене алмайды.

– Қаншелли ашынарлы болмасын, Америка кетти, – деди ол социаллық тармақтағы «Уллы Львовтан сөйлеймиз» каналына берген интервьюинде. – Енди АҚШқа ҳәзир де, орта мүддетли келешекте де, ҳәттеки Трамп кеткеннен кейин де сүйене алмаймыз.

Киев Қурама Штатлар жетекшисине исбилермен сыпатында Украина тәрепинде болыўы ушын тек ғана пайдалы усыныс бериўи керек, деп ойлап, қәтелескен. Ҳәзирги Трамп, көрип турғанымыздай, пүткиллей басқа адам. Яғный, ҳақыйқый бизнесмен емес. Ол ақша, тарифлер ҳаққында көп сөйлейди, санларды тез-тез тилге алады, бирақ бизиң мақсетимизди түсинбейтуғындай. Өзин революционер деп билетуғын Трамп дүньяны өзиниң көзқарасынан келип шығып өзгертиў ушын көпшиликке танылмақта.