Пенсияға байланыслы қандай өзгерислер күтилмекте?

262

Сенаттың алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.

Сенаторлар жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнин «Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалаў менен баслады.

Бул мәселе бойынша баянат жасаған Сенат ағзасы А.Кўчимов халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиў, мәмлекет тәрепинен пуқараларға социаллық хызмет көрсетиў көлеми ҳәм түрлерин кеңейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Соның ишинде, социаллық бағдарламаларды қаржыландырыў қәрежетлери жалпы ишки өнимге салыстырғанда 2 есеге артып, кем тәмийинленген напақа алыўшы шаңарақларды қамтып алыў 5 есеге көбейди. Майыплығы болған шахслар ҳәм майыплығы болған балалардың тәрбиясы менен бәнт болғанлар ушын напақаның жаңа түрлери енгизилди.

Пуқараларға төленетуғын төрт түрдеги социаллық төлемлерди олардың мүрәжатысыз проактив түрде, еки түрдеги социаллық төлемлерди композит түрде және төрт түрдеги социаллық төлемлерди қосымша ҳүжжетлер талап етпеген ҳалда, тек ғана паспорт тийкарында тайынлаў әмелияты енгизилди.

Соның менен бирге, халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизген ҳалда мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў ҳәм пуқараларға қолайлық жаратыў, артықша әўерегершиликке жол қоймаў мақсетинде пенсия системасын буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги жүзеге келген.

Усы мақсетте ислеп шығылған нызам менен халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасы және де жетилистирилмекте. Халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизиў нәзерде тутылмақта.

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамға пенсия алыў жасына жеткен пуқараларға (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) жасқа байланыслы пенсияны олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул тәртип әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде пуқаралардан пенсия тайынлаў ушын Пенсия қорының аймақлық бөлимине ямаса Мәмлекетлик хызметлер орайына мүрәжат етиў талап етилмейди.

Буннан тысқары, пенсия жасына жеткен пуқараларға нызамшылықта белгиленген талаплар шеңберинде пенсия тайынлаў ҳаққында қарар қабыл етилгенде олардың телефон номерлерине пенсия тайынланғанлығы ҳәм оның муғдары ҳаққында смс хабар жибериледи.

Нызамда, сондай-ақ, пуқара пенсия жасына жетип, бирақ мийнет етиўди даўам еттирип, кейин ала жасқа байланыслы пенсия алыў тилегинде болғанында проактив түрде тайынланған жасқа байланыслы пенсиядан бас тартыў тәртибин енгизиў нәзерде тутылмақта.

Нызамға тийкарланып социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына барлық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкиллигине өткерилгенлиги мүнәсибети менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Халықтың бәнтлиги ҳаққында»ғы нызамларға да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам пуқараларға пенсия тәмийнаты бойынша көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыўға ҳәм артықша бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

Норгул Абдураимова,

ӨзАның хабаршысы