Төрткүл районына ҳәким тайынланды
297

Халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз 9-сессиясы болып өтти.
Онда район ҳәкими лаўазымына Илхамбай Худойбергеновти тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усыныс етилген кандидатура район Кеңеси депутатлары тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Сессияда Илхамбай Худойбергенов Төрткүл районы ҳәкими етип тайынланды. И.Худойбергенов мийнет жолы даўамында Ишки ислер уйымларында, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барған.
Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги