Сенаттың алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам етпекте

240

Бүгин, 2025-жыл 30-апрель күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының алтыншы жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат Баслығы   Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилис видеоконферецбайланыс  системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте.

Жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнинде банклерди санациялаў ҳәм сапластырыў, ыссыхана газлериниң шығарылыўын шеклеў, мәмлекетлик қорғаныў буйыртпасы, айырым нызам ҳүжжетлерине суд  ҳүжжетлери ҳәм басқа уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў системасын жетилистириўге қаратылған  өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамлар көрип шығылды ҳәм мақулланды.

Бүгин сенаторлар «Халыққа социаллық хызметлер көрсетиў системасының және де жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине айырым түрдеги темеки өнимлериниң , темекини ҳәм никотинди тутыныў қурылмаларының  айланысына байланыслы  талапларды және де күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында »ғы,  «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасы менен  Әзербайжан Республикасы  арасында аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2024-жыл 23-август) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамларды додалайды.

Аўыл хожалығын раўажландырыў, илимий-изертлеў институтларының материаллық техникалық базасын беккемлеў ҳәм тараўға илим жетискенликлерин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў, Жоқары судтың қурамына өзгерислер киргизилиўи күтилмекте.

Жалпы  мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық  сәўлелендирип барамыз. Бизди бақлап барың!

Н.Абдураимова,  Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА