Рим папасын сайлаў қашан болып өтетуғыны мәлим етилди

Рим-католик ширкеўи кардиналлары 7-май күни ширкеўдиң жаңа басшысын таңлаў ушын жасырын сайлаў өткереди. Бул ҳаққында Reuters агентлиги мәлим етти.
Сәне ҳаққындағы қарар кардиналлардың жабық мәжилисинде Рим папасы Франсисктиң жерлеў мәресиминен соң әмелге асырылған.
Сайлаўда дүньяның түрли мүйешлеринен келген 135ге шамалас, 80 жастан киши кардиналлар даўыс береди.
Еслетип өтемиз, Рим папасы Франсиск 21-апрель күни 88 жасында қайтыс болды. Папа усы жылдың 14-февраль күни дем алыўда қыйналғаны ушын Римниң Гемелли емлеўханасына жатқарылған ҳәм оған еки тәреплеме пневмония ҳәм жеңил бүйрек жетиспеўшилиги диагнозы қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги