Банк карталарынан төлемлерди әмелге асырыўда қадағалаў күшейтиледи

Ҳәммеге белгили, кейинги ўақытларда банк карталарынан пайдаланған ҳалда урлық ҳәм алдаўшылық жағдайлары көбейип бармақта. Коммерциялық банклер, төлем системаларының операторлары ҳәм төлем шөлкемлеринде, әне, усындай ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдың заманагөй усылларына мүтәжлик пайда болмақта. Атап айтқанда, антифрод, биометриялық идентификация ҳәм басқа қорғаў механизмлерин шөлкемлестириў зәрүр.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилисинде, әне, усы мәселениң шешимине қаратылған нызам жойбары додаланды. Оған бола, антифрод ҳәм биометриялық идентификация системаларынан пайдаланыў миннети енгизиледи. Орайлық банк тәрепинен руқсат етилмеген төлемлер анықланғанда, банк карталары ҳәм мобиль қосымша аккаунтларынан пайдаланыўды үш күнге шекем шеклеў ҳаққында төлем хызметлерин көрсетиўшилерге көрсетпе жиберилиўине байланыслы ўәкиллик берилиўи мүмкин.
Сондай-ақ, төлем хызметлери базарын тәртипке салыў мақсетинде банклер, төлем шөлкемлери ҳәм олардың төлем агентлери ҳәм субагентлерине руқсат етилетуғын төлем хызметлериниң түрлери айрықша белгиленбекте. Банк пластикалық карталарынан төлемлерди әмелге асырыўда қадағалаўды күшейтиў усыныс етилмекте.
Фракция ағзалары нызам жойбарының әҳмийетли екенлигин тән алған ҳалда өз пикир – усынысларын билдирди. Сондай-ақ, мәжилис күн тәртибиндеги басқа мәселелер де ҳәр тәреплеме көрип шығылып, фракцияның тийисли қарары қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА