Матуридийлик – ағартыўшылық тәлийматы

220

Самарқанд қаласында «Матуридийлик-кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы» темасында халықаралық илимий-әмелий конференциясының ашылыў мәресими басланды.

Илаж алдында Қуран оқылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиеёвтиң халықаралық конференция қатнасыўшыларына қутлықлаўын Президент кеңесгөйи Р.Давлетов оқып еситтирди.

Әнжуманда Египет, Түркия, Малайзия, Уллы Британия, Индонезия, БАӘ, Саудия Арабстаны, Кувейт, Қатар, Пакистан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы 26 мәмлекеттен 70 тен аслам муфтийлер, абырайлы исламтаныўшы илимпазлар, мотуридийтаныўшы изертлеўшилер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, диний-ағартыўшылық тараў ўәкиллери қатнаспақта.

Ғ.Ҳасанов, А.Исроилов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары