Нөкисте жол таласқан айдаўшылар 7 суткаға қамалды
Нөкис қаласындағы той мәресимлери ўақтында автомашиналардың топар болып ҳәрекетлениўи соңғы ўақытларда көплеген наразылықларға ҳәм жәмийетлик тәртиптиң бузылыўына себеп болмақта. Нызамшылықта бундай жағдайларға анық шек қойылған болса да, бул жағдайлар тилекке қарсы, елеге шекем тәкирарланбақта.
Жақында Нөкис қаласындағы тойлардың биринде де усындай жағдай бақланды. Мағлыўматларға қарағанда, сейил ўақтында еки автомашина айдаўшылары жол таласқан ҳәм нәтийжеде жәмийетлик тәртиптиң бузылыўына алып келген ҳәдийсе жүз берген.
Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен қағыйдабузар айдаўшылар ҳәм бул жағдайда қатнасқан шахслар анықланып, оларға тийисли ҳуқықый шаралар көрилди. Тийисли ҳүжжетлер судқа жиберилди ҳәм суд додалаўы нәтийжесине бола, ҳәр еки айдаўшыға 7 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.
Бул жағдай барлық айдаўшылар ҳәм жәмийет қатнасыўшылары ушын сергеклик үлгиси болыўы керек. Ҳәр қандай байрам ямаса мәресим ҳуқықбузарлыққа себеп болмайтуғыны, тәртип ҳәм нызам-қағыйдаларға әмел етиў бәршемиздиң миннетимиз екени және бир мәрте атап өтилди.
Нызам үстинлиги – жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликтиң кепили.
Қарақалпақстан хабар агентлиги