ҒМДА Экономикалық кеңесиниң 105-мәжилисинде өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўши 19 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды

Бүгин Ташкентте ҒМДА Экономикалық кеңесиниң 105-мәжилиси болып өтти.
Оған ҒМДА Экономикалық кеңесиниң басшылығы ҳәм оның ағзалары және делегациялардың басшылары қатнасты.
Мәжилис басында ҒМДА Экономикалық кеңесиниң ағзасы, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқоров шығып сөйледи.
Мәжилисти ҒМДА Экономикалық кеңесиниң баслығы, Тәжикстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары Хоким Холиқзода ашып берди ҳәм илажды алып барды. Буннан кейин ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедев мәжилис күн тәртиби менен таныстырды.
Мәжилис даўамында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң экономикалық бирге ислесиўине байланыслы кең көлемли мәселелер додаланды.
Онда шығып сөйлегенлердиң атап өтиўинше, ҒМДАға ағза мәмлекетлер арасында экономикалық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, регионаллық аўызбиршиликти беккемлеў ҳәм улыўма раўажланыў жолында өз-ара муўапықласқан ҳәрекетлерди әмелге асырыўға хызмет етеди. Мәжилисте додаланған ҳәм мақулланған ҳүжжетлер, атап айтқанда, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм транспорт-логистика системаларын сәйкеслендириўге қаратылған басламалар, келешекте экономикалық турақлылықты ҳәм бәсекиге шыдамлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
Илажда 2030-жылға шекемги дәўирде ҒМДА шеңберинде өз-ара инвестицияларды тартыў ҳәм раўажландырыўды хошаметлеў бойынша илажлар комплекси тастыйықланды. Бул ҳүжжет Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған болып, инвестициялық орталықты жақсылаў, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң экономикасына өз-ара тиккелей сырт ел инвестицияларының ағымын көбейтиў ҳәм инвестицияларды тартыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң бөлим баслығы Алишер Йўлдошевтиң мағлыўмат бериўинше, ҒМДА Экономикалық кеңесиниң мәжилиси Өзбекстанда биринши мәрте өткерилди.
– Әдетте, бул шөлкемниң илажлары Москва қаласында шөлкемлестирилетуғын еди. Усы жылдан баслап, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң басламалары тийкарында бул мәжилислерди түрли мәмлекетлерде өткериў әмелияты енгизилди. Өткен жылы ҒМДА мәмлекетлери басшыларының мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы тәрепинен 105-мәжилисти Ташкент қаласында өткериў басламасы алға қойылған еди. Усы баслама шеңберинде бүгинги мәжилис шөлкемлестирилди. Мәжилис күн тәртибине ҒМДА мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы 20 әҳмийетли мәселе киргизилди ҳәм олар ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Мәжилис жуўмағында 19 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды. Бул ҳүжжетлер арасында инвестицияларды хошаметлеў бойынша “Жол картасы,” сондай-ақ, аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған “Жол картасы” да бар екенлигин атап өтиў керек. Бул ҳүжжетлер Өзбекстанның басламасы менен ислеп шығылды.
Сондай-ақ, мәжилисте делегациялардың басшылары ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ҳаўа ҳәрекетин шөлкемлестириў миллий системаларын сәйкеслендириў концепциясының жойбарын мақуллады. Концепция ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ҳаўа аймағынан пайдаланыўының экономикалық нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық аэронавигация ушын “тынық” шегараларды тәмийинлеў ҳәм ҳаўа аймағынан пайдаланыўшыларға бирден-бир қағыйдалар ҳәм технологиялар тийкарында хызмет көрсетиўге қаратылған. Бул илажларды әмелге асырыўдан күтилип атырған нәтийже – пуқаралық авиация ҳаўа кемелери пәрўазларының қәўипсизлиги, турақлылығы ҳәм үнемлилигин және ҳаўа ҳәрекетине хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўдан ибарат. Ҳүжжет ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң додалаўына киргизиледи.
Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Андрей Плутницкийдиң атап өтиўинше, бул илаж ҒМДА мәмлекетлери арасында медицина тараўында бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.
– Бүгинги мәжилисте денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа концепциясы додаланды.
Әмелдеги концепция 20 жылдан берли пайдаланылып киятырғаны себепли, оны түп-тийкарынан қайта көрип шығыў зәрүрлиги бар. Биз дәстүрий тәризде нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойғанымызды атап өтиў керек. Бирақ бүгинги күнде жаңа раўажланыў бағдарлары пайда болмақта, атап айтқанда, телемедицина, химиялық ҳәм биологиялық қәўипсизлик мәселелери, сондай-ақ, заманагөй операцияларды денсаўлықты сақлаў системасына енгизиў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеў зәрүр.
Биз алдымызға қойған тийкарғы мақсет халықтың турмысы ҳәм денсаўлығын қорғаў, бирге ислесиўши мәмлекетлердиң пуқаралары ушын және де абадан турмыс шараятын жаратыў болып есапланады. Бүгин концепцияны бир аўыздан мақуллаў арқалы қабыл етилген қарар дос мәмлекетлер халқының мәпи жолында және де үлкен имканиятлар ашатуғынына исенемен. Концепцияда ҳәр бир қәнигелескен бағдар бойынша бирден-бир, бирақ жедел енгизиў механизмлерин қәлиплестириў зәрүр екенлиги де анық көрсетилген,-деди А.Плутницкий.
Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелер бойынша 19 әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды. Буннан соң ҒМДА Экономикалық кеңесиниң баслығы Ҳәким Холиқзода ҳәм ҒМДА Бас хаткери Сергей Лебедевтиң қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзАның хабаршысы