Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги 96 жаста

370

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында Өзбекстан Қаҳарманлары, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов ҳәм Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновлардың туўылған күнлери алдынан “Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги 96 жаста” атамасында әдебий кеше болып өтти.

Әдебий кешеге халқымызға белгили жазыўшы-шайырлар ҳәм журналистлер, филиал профессор-оқытыўшылары, студентлер қатнасты.

Кешени Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Атабек Меңлимуратов басқарып барды.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен Өзбекстан Қаҳарманлары, Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновлар менен бирге ислеген дәўирлерин еске алды. Олардың қарақалпақ әдебиятына қосқан үлеси, өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде айтып берди.

Кешеде филиал студентлери халқымыздың сүйикли дөретиўшилери қәлеминен дөреген шығармаларынан сахналық көринислер қойып, қосықларынан үзиндилер оқып берди.

Илаж қарақалпақ көркем-өнер ғайраткерлери, Есжан бақсы атындағы 1-санлы көркем өнер ҳәм музыка мектеби ҳәм Нөкис қалалық 1-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары, филиал студентлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Кеше соңында саз-сәўбетли илажды көтериңки ҳәм шөлкемлескенлик руўхта өтиўинде салмақлы үлес қосқан белсендилер филиал администрациясы тәрепинен Миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,      

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы