Клублар арасындағы Азия чемпионатының биринши күнинде 9 медаль қолға киргизилди

Қытайдың Уси қаласында таэквондо WT бойынша G1 классификациясына киретуғын XIII Клублар арасындағы Азия чемпионатының дәслепки күни беллесиўлери жуўмақланды. Онда Өзбекстан миллий сайланды командасының жәми 13 ағзасы беллесиў өткерди ҳәм 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 4 броньза медалына ийе болды.
Жарыстың 80 килограммға шекемги салмақ категориясында беллесиўлерде Жасурбек Жайсунов, 87 килограммнан аслам салмақтағы таэвондошылар беллесиўинде Марат Мавлонов барлық қарсыласларын жеңип, алтын медальды қолға киргизди. Бул еки споршымыз Қытайда өткен “WT Президенти кубоги”нде де минбердиң ең жоқары текшесинен орын алған еди.

Сондай-ақ, XIII Клублар арасындағы Азия чемпионатында Шаҳбоз Тўсматов (74 кг), Шуҳрат Салаев (87 кг) ҳәм Мадина Мирабзалова (57 кг) гүмис, Ёдгорбек Жўрабоев (87 кг), Мадина Шониёзова (46 кг), Лайло Ҳасанова (49 кг) ҳәм Шаббона Абдувалиева (57 кг) броньза медальға cазаўар болды.
Жарыс 30-апрель күни жуўмақланады.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА